ПОРТРЕТ
Қарақалпақша
ат. 1. Көрк.
өнер.
Адамның үлкейтилген сүўрети.
Рус патшасы Николай II ниң портрети илиўли дийўал беттеги столға отырған Микелян бир буўат қағаз алып, көзден кешире баслады (К.Көримов).
Оның китап дүкәндағы портретке усағысы келип сары ала шайы көйлек кийип, бир бурым шашын шеп ийнине таслап қойыўы, ийним ийнине тийип кеткен ўақытта денесиниң қалтыраўы, бәри-бәри сондай лөззетли, лекин абайсызда жоғалтып алған алтынның сынығынан да қымбатлы ҳәм өкинишли еди (М.Нызанов).
2. әд.
Қахарманның, персонаждың портрет.
Геройлар ҳәм портрети менен, ҳәм азда болса ишки сезим дүньясы менен сөз етиледи (Қ.Максетов).