ПОЛАТТАЙ
Қарақалпақша
кел. Полатқа уқсаған, полат тәризли, полат сыякды.
Қазақ, өзбек, қарақалпақ, түркмен халқының полаттай күши бириккен (әд.аль.).
... қаншелли жумсасаң, яғный айбат көрсетсең, соншелли жүзи жарқырап ашылыса беретуғын полаттай қайтыўды билмейтуғынлығын хәм өзиниң сорына Бердақтың да сол мыңнан бирде гезлесетуғын соңғы топарға киретуғынлығын да абайламаған еди (А.Садықов).
Палўан оның көз жасларын тили менен сыйырып, қамшы услап, шыныққан полаттай қатты билегинен услады да қалаға қарай тартты (Т.Қайыпбергенов).
Сом полаттай жумыры қара билеклерин, арыстай балтырларын жүн басқан (Т.Қайыпбергенов).