⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПЛАЩ

Қарақалпақша

ат. Кийимлердиң сыртынан кийилетуғын, суў өтпейтуғын кең сырт кийим. Қулады ол аппақ қардың үстине, Боялды қанына ол кийген плащ (ққ.поэз.ант.). — Мына макентож қудаға, — деди ол ҳәмме таўардың үстинде турған күл рең плащты шығарып (М.Нызанов). Сәркарда атаўлының бәрине сарайдан сый сыпатында сары плащ берилипти (К.Мәмбетов). Оның қолында онша қалың емес қағаз папка, үстинде қара плащ, аяғында қара туфли, басында кийиз қалпағы бар еди (Е.Өтепбергенли).