ПИТИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Тамам болыў, ақырына жетиў, таўсылыў.
2. Пайда болыў, келип шығыў, болыў.
Оның бул минези өзи менен бирге туўып, бирге питкен (Т.Қайыпбергенов).
Қорғанның питиўине байланыслы зыяпат берилмекши екен (Т.Қайыпбергенов).
Расында да, түрмеден қашыўшылар, мүддетиниң питиўин асығыслық пенен күтиўшилер көп (А.Әбдиев).
Жаңа отаўынын сүйеги соғылып питиўден кими баў-шуў берди, кими көрпе-төсек берди (Т.Қайыпбергенов).
3. Тайын болыў, ҳәзирлениў.
Посёлкадан салған жайы питип турсада, көшиўди бәҳәрге қалдырды (С.Хожаниязов).
Аўыр жатарда қақыраның төбеси питти (М.Нызанов).
4. Тығылыў, жумылыў, тирелиў.
Мениң көзим питип баратыр (Ө.Айжанов).
5. Дүзелип кетиў, тәўир болыў.
Ҳақыйқатында да, аяғымның тиликлери пите қойған жоқ еди (Ә.Шамуратов).
6. аўыс. Ўайран болыў, бүлиниў.
Сонда да жүрегимдеги пите баслаған жараның аўзын шеңгел жыртып кеткендей болды (К.Смамутов).
0 Кеўил питиў — ырза болыў, қанаатланыў.
Мақсет-мурадына жетип, Халықтың хызметине кеўли-питип (А.Дабылов).
Егин питиў — болымлы, өнимли болыў, болық болыў, зор болыў.
Мүддети питиў — ўақыты питиў.
Мүддети питип солдатлықтан босадым (Қ.Аралбаев).
Мал питиў — байыў, қурғынласыў, турмысы жақсарыў.
Байқас етсем: алды-артым нышансыз маңлайға мал питти есапсыз, сансыз («Мәспатша»).
Ҳәмиле питиў — еки қабат болыў, жүкли болыў.
Кешикпей-ақ Қараш аштың бойына ҳәмиле питти («Мәспатша»).