ПИТЕГЕНЕ
Қарақалпақша
р. Азғана, сәл-пәл, шамалы, аздан кейин, бир майдан.
Жекенликке бойы үйренисе келе бағанағы хаўлығыўлар питегене басылайын деди (Ш.Сейтов).
Адамдардың кеўли питегене парасат табайын деди (М.Нызанов).
Болмаса, халқымыздың аўхалы усындайда усындай болып қалды, деп айтқаныңызда, ол ийттиң емес, адамның баласы ғой, питегене жумсар еди (А.Садықов).
Питегене бардамлылар, қой, ешки жетелеп киятырғаны, бир кесе гүриш, бир қадақ майға қалы жеткенлер де бул үлестен қуры қалмады (Т.Қайыпбергенов).