ПИСКЕК
Қарақалпақша
ат. Гүбиниң, шелектиң ишине суғып сүмбелейтуғын узын саплы етип басы атанақша ағаш қағылып иеленген хожалық буйымы.
Ойға батып киятырған Әжинияз пискек пенен атлаўдың шүбирлеғен сести қулағына тийген ўақта ғана өз үйине келип қалғанын сезди (Ж.Аймурзаев).
Онда, «Ерте жат та, ерте тур».
Бир пискекти артық ур (А.Садықов).