⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПИСИРИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Тамақты кайнатып таярлаў. Түсликке айран қатып жарма писирген екен (К.Султанов). 2. аўыс. Анықлаў, нықлаў, тақыйықлаў. Еғер бармай қалсаң? — деди Атамурат тағы да әңгимени писиргиси келип (Т.Қайыпбергенов). Әбден көнбесе ығбал-талайыңнан көрерсең — деп гәпти писирип қалды (К.Султанов). 0 Ылай писириў — ылайды аяқ пенен басқылаў, тоқпақ пенен урып нығайтыў, мәлҳәм етиў, кандырыў.