ПЕШЕХАНА
Қарақалпақша
ат. Пешше, шыбын ҳәм басқа да жәнликлерден сақланыў ушын ҳәр түрли гезлеме материалларынан, көбинесе сийледен төрт мүйешли етип тигилген шатыр.
Ай батқанша ҳәр жерге бир пешехана да курылып питти (Т.Қайыпбергенов).
Гейде олар усындай ўақытлары, айдың жақтысында, пешехананың ишинде отырып, бир-еки шөрек пенен қаўын жеп алады (У.Пиржанов).