ПЕШ
Қарақалпақша
ат. Үст кийимниң етеги, шалғайы.
Далада әлле қимниң шаўқымы еситилди, үйге жибермеў ушын пешине асылған хызметкерлерди қағып Әжинияз кирип келди (К.Султанов).
Мен далаға шығып отын әкелейин деп отырғанымды апам түсинип, гүпимниң пешинен услап жибермеди (Т.Қайыпбергенов).
Етигин дәстанып, шапанның бир жеңин етиктиң үстине қойып, шапанның бир пешин төсеп, екинши пешин жамылып шопанлар ҳәр жерге жата берди (М.Дәрибаев).