ПЕРИШТЕ
Қарақалпақша
ат. 1. дин. с. Қудайның ҳәмирин орынлаўшы, адамлардың ислеген саўап ҳәм гүналарын есаплаўшы.
Бизлер ийинлеримиздеги периштелермиз, ислеген гүналарыңызды, жазбаға қағаз жеткере алмай енди сыртқа шықлық (Н.Бөрекешов).
2. аўыс. Ҳадал, ҳақ.
Сендей периштеге жумыс не керек? Сениң жайың отаў саялы терек (И.Юсупов).
Қатынларыңызды периште деп жүрсиз бе?! Тап қудайдың периштелериниң ишинде де бузығы болады (М.Нызанов).
3. аўыс. Жас, нәресте.
Бир көриўге периштедей адам (Айбек).
4. аўыс. Сулыў, пери, ҳүр.