ПЕРИ II
Қарақалпақша
кел. Сулыў, гөззал, арыў.
Көрдим еки пери келер, Әжеп саллана-саллана, Ашығының көңлин алып, келер саллана-саллана (ққ.х.қ.).
Домбырасын шалқытып серилери, Бурқып-бурқып алады әри-бери.
Жигитке араласып ҳәзиллесип, Қосыла қосық айтты перилери (Т.Жумамуратов).
«Мен-мен» деген жигитлердиң көрген ўақытта аўзынын суўы курыйтуғын перини алды (А.Садықов).