ПЕРДЕП
Қарақалпақша
ат. муз.
Дуўтардың хәм басқа да музыкалық әсбаплардың саз сеслериниң келисиўи ушын сабына, дәстесине байланған жиңишке сым, яки сабақ ҳәм басқа да материал.
Ал, бизиң көшениң бийи «Егер сен сазенде болыўды қәлесең, қолындағы дуўтарды биймәнис дыңғырлатпай, ең жақсы сазендениң тарлары саз, сести бәлент дуўтарын алып, он еки пердесин бирим-бирим басып көргеннен кейин өзиңе керекли сеслерди өз дуўтарыңнан табыўға тырыс», — деп кеңес беретуғын еди (Т.Қайыпбергенов).