⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПАҚЫРЛАЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Сес шығарып қайнаў. Аздай соң пақырлап қайнаған дүмш еден еки чайникке чай демлеп келди (Ж.Аймурзаев). Ошақта қара қуман пақырлап қайнап тур (Ө.Хожаниязов). Қоламтада пақырлап кайнап турған қуманды қорқпай услаў ушын тутқыш етип жумсады (К.Мәмбетов). Оттан пақырлап шықкан қуманнан чай демлеп алақшынның ернегине қойды (Т.Қайыпбергенов). 2. қ. пақырлық.