ПАҚЫР
Қарақалпақша
ат. 1. Гедей, сорлы, бийшара.
Енди бала пақырдың әдепли, қойдан жуўас қыз яңлы мүләйим баўырман болғаны жаман ба? (А.Бекимбетов).
Ыза берип, сүйекке азар жеткерип, Пақырды қысқанға азап берермен (Омар).
«Пақырдың тақаны таўсылайын деп турған қусайды, наўқасы әдеўир қатты көринеди» десип гүңкилдескен қулағына шалынғанда, ол бийтапты өз көзи менен көргиси келип, атланды (К.Кәримов).
Дайым пақыр шырлаўы менен қала берди (Ә.Шамуратов).
2. аўыс. Жуўас, мүсәпир.