ПАЯПЫЛ
Қарақалпақша
ат. Арнадан ямаса жаптан өтиў ушын кесесине тасланып қойылған ағаш.
Аэропорттың кишкене бағын аралап жүрди де, ҳәўыз үстине салынған паяпылға шықты (С.Хожаниязов).
Мектепке жақындаған жердеги жаптағы паяпыл емес бәле болды (Т.Қайыпбергенов).
Пиядалар киретуғын киширек жарма қапының алдына салмаға паяпыл ретинде еки қалың тахтай қойылыпты (М.Нызанов).
Ийшан айтты: «қәне, қошшым, Өмирбек, Паяпылдан бизди баслап өт» деди (И.Юсупов).