⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПАШШАЙЫ

Қарақалпақша

ат. Ала жолақ нағыслы жипек гезлеме, материал. Үстилерине ҳәр қайсысы, ҳәр түсли етип пашшайы, айдынлы, жупқа, мәдәли көйлеклер кийип алған қызлар (Қ.Ерманов). Ананың көксине тийген қып-қызыл қан пашшайы көйлекке жайылып кетти де, еси кетип ентиғип қалған кемпир бирден еңиреп жылап жиберди (К.Мәмбетов). Шайырдың әкесин ҳәзир босатып, ийнине пашшайы шапан жабыңлар! — деп буйырыпты (Т.Қайыпбергенов).