⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПАТЫРЛАЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Тасырлап сес шығарыў, тасырлаў. Тек ҳәр жерде шақада калғып отырған ғарғалардың уйқылы көзи менен патырлап уш қанынан басқа ҳеш нәрсе сезилмейди (Ә.Шамуратов). Өртшилер өрттиң алдын болып таслап, патырлап жанып атырған табытларды, сексеўиллерди жуўырып өширип жүр еди (Ш.Сейтов). Өткен жылдың майса шөбин патырлатып басып кең жазықта жекке торы атлы киятыр (Т.Қайыпбергенов). 2. аўыс. Қатты сөйлеў, пәтиўасыз сөйлеў, тез сөйлеў.