⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПАТЫРАТ

Қарақалпақша

ат. 1. Кемшилик, айып. Патыратларын шығармай-ақ аныққа, я сөйлетип тыңламай-ақ сол ўақта (Бердақ). 2. Былғасық, шатақ, шатасық. Гезлестирди усындай патыратты, Дуз-дәм татпай еки күн үйде жатты, Мөкарья айтпаса да билген екен, Атаның мийзамынан оқып хатты (Т.Жумамуратов). Изи патыратқа айланатуғын жуўапкерли ўазыйпаны өзине де, ҳаялына да жүклеў Серкебайға айрықша аўыр көринди (Т.Қайыпбергенов).