ПАРЫҚСЫЗ
Қарақалпақша
кел. Ҳеш нәрсеге қарамайтуғын, уқыпсыз, ийкемсиз, салақ.
Бийсен Дүйсенов бул нәрсеге жүдә парықсыз ҳәм әхмийетсиз қарады (Т.Нәжимов).
Соның ушын да оған тап усындай парықсыз қуўыршақ ханлардың бирэўи зәрүр (М.Нызанов).
Алакөз, парықсыз жесең, пал да зәҳәрге айланатуғынын билмейсең бе? (Т.Қайыпбергенов).