⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПАРРЫҚ

Қарақалпақша

кел. Көтериңки, хәңкийген, сәнкийген, қомпайған, қайқайған. Үйдин жапсарынан өтпей-ақ оның паррық мурнынын ушы қызара баслады. «Ҳапком» деймиз, «паррық» деймиз, Нураддийин, Кәримин де (И.Юсупов). Усы жердеги столды айланып отырғанлардың ең үлкени болса керек, жаздың ыссысына қарамай, шереттан тигилген шылт жаңа гимнастёрка ҳәм «паррық» шалбар кийип, көкирек алдын сарғыш реңли жез тоғалы, жиңишкелеў телетин қайыслар менен аршынлап алған орта жаслардағы киси (У.Пиржанов).