⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПАРРА

Қарақалпақша

парра болыў ф. Бөлеклениў, майдаланыў, қыйқымланыў. Дәудиң бели бүгилди. Қолындағы қалқаны төрт парра болып бөлинди («Мәспатша»). Ери анық қәҳәрленип есикти иштен илип таслап муш урса, иленәзик сүйеклери парра-парра болыўынан қорқып, Рабийби сыртқа қарай зып берди, манлайшаға илдирилип қалған орамалына да қарамады (Т.Қайыпбергенов). Қараса аўдарылған машинаның жанындағы шала жансар жарадарлардың түги қалмай, парра-парра болып кетипти (Т.Қайыпбергенов). 0 Парра-парра етиў - бөлек-бөлек етиў, майда-майда етиў. Әкемниң егил-тегил болып жылаўы дәрт үстине дәрт жамап, жүрегимди парра-парра етип жаралады (Ө.Хожаниязов). Шырқырап жылаған нәресетелер жүрек-баўырыңды парра-парра етеди (А.Садықов).