⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПАРЛАЎШ

Қарақалпақша

ф. 1. Жаныў, алысыў. 2. Ағыў, тамыў. Бармайман деп ақшам күндиз зарлайды, еки көзден қанлы жасы парлайды (А.Дабылов). Жас қалай болса, солай парлап баратыр (Т.Қайыпбергенов).
ф. 1. Жарқыраў, ашылыў. Сөз жүйесин келистирип турған келиншектиң, көзи парлап тур (Ө.Айжанов). Биз он алты сизиң шырақ болармыз, Парлап турған бахыт болып қонармыз (А.Дабылов). Тас гербиштен салынған жай, қат-қат өжирелер және анаў тас тебенде парлап турған ғәўҳарын айтсаң-о! (Ә.Атажанов). 2. Дүрилдеў, пырылдаў. Ҳәр бир парлап ушып көтерилген қырғаўыл менен жүрегимди қытықлап өзин шақырғандай еди (Т.Нәжимов). 3. Қурылдаў, қарылдаў, пырылдаў, пысылдаў. Мәспатша ханнан хабарсыз парлап уйқылап жатырғанын көрди («Мәспатша»). 4. Жыртыў, айырыў, бөлиў.