ПАРАХАТШЫЛЫҚ
Қарақалпақша
ат. Тынышлық, абаданшылық.
Халқымыздың парахатшылықта жасаўы ушын пидәкерлик мийнет етиў, елимиздиң хәр бир азаматының әдиўли ўазыйпасы (Ж.Сейтназаров).
Қәйдем билейин, қайнаға! «Қазанның қарасы кетсе де, жүздиң қарасы кетпейди» — деген ғой, ендиғи жағында аўыл арасы парахатшылық бола қойса да жақсы болар еди-аў (Т.Қайыпбергенов).