⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПАНСЫЎ

Қарақалпақша

ф. Менменсиў, тәкаббирсиниў, паңпаңсыныў. Пансыўды я төменсиўди жат кәреди мудам олар (И.Юсупов). Кешеги биреўдин шалбарының қырын шығырып, шаң жүкса үп-суп деп ийис мурнын пансып жыйырғанын жақтырмаған едим (Ә.Атажанов). Дурыслықты бурмалап, пансып, назланып, Ақбайталлық етип жағымпазданып (И.Юсупов).