⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПАЛЬТО

Қарақалпақша

ат. Қыс айдарында кийилетуғын, қалың, узын, жыллы сырт кийим. Ағасының жеңил пальтосынан басқа ҳеш нәрсе жоқ болып шықты (С.Салиев). Аўызда узын бойлы, қақ шеке, арық, шинельге усаған сур реңли сукнодан тиғилген гөнетоз пальтосы бар, басында қаснағының бир шети сынық қара шапка, аяғында сириси жалпайып, өкшеси көринип турған гөне туфли, сақалы тәртипсиз ғаўлап өсип кеткен бир киси турар еди (М.Нызанов). Аўыл адамлары оның бурын кийип көрмеген қара пальтосына, аяғындағы қара хром етиғине, басындағы жымпық шапкасына өз ара таңланысты (Т.Қайыпбергенов).