ПАЛАПАНДАЙ
Қарақалпақша
кел. Палапанға уқсаған, палапан тәризли, палапан яңлы, палапан сыяқлы.
Жасымнан, палапандай қанат қақтым, Ержетип, сүйиклимди буннан таптым, Егер де еки көңил жараспаса, Адамға кереги не дәўлет, бахтың? (Т.Жумамуратов).
Ҳәр кимниң кирин жуўып, дигирманын тартып палапандай төрт баласын бақты (М.Дәрибаев).
Кеште аш палапанлардай аўзын ашып шүйиркелесип, әкесиниң алдына жуўырысатуғын еди (Т.Қайыпбергенов).