ПАЛАПАН
Қарақалпақша
ат. 1. Қуслардың жас балалары.
Сен бир тарлан түлеп ушқан таўдағы, биз палапан қонақлаған жардағы (И.Юсупов).
Гүрриңде бир бала палапан ба, кишкене қус па, услап әкеледи екен (Ш.Сейтов).
2. аўыс. Жас бала, жас әўлад, жас урпақ.
Аўзыннын сарысы кетпеген палапан түсинбейсең (Т.Қайыпбергенов).
Ўәй, палапанлар-ә-әй, сизлерге нашарға мин тағыўды ким қойыпты (М.Нызанов).