⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПАЛАЎҚАБАҚ

Қарақалпақша

ат. бот. 1. Жаз мәўсиминде писетуғын, сопақ басы томпакдаў палыз егинлериниң бир түри, пәлеги. Капуста, помидор, пияз, қыяр, гешир, картоф, шалғам, палаўқабақ, каўын дегенниң түри бар (Н.Дәуқараев). 2. Сол палыз егининиң узын сопақ жемиси. Палаўқабақлары менен теңкейискен қаўын-ғарбызлары төрт пасылда ада болмайды (Ж.Аймурзаев). Мына, қаўын-ғарбызлар, асқабақ, палаўқабақ, жүўери, тары, гүнжи, кендирден баслап, ең аяғы, суўкабақ ҳәм дасмалкабақларға шекем хәммеси-хәммеси өзиниң ҳәм бала-шағаларының бир жыллық несийбеси! (А.Садықов).