ПАЙТАХТ
Қарақалпақша
ат. 1. Мәмлекеттиң бас қаласы, хүкимет ҳәм орайлық мәкемелерине басшылық ететуғын, басшылық қылынатуғын орын, жай, орай, бас қала.
Сәйкесленген парахатшылық заманға, Шахри Ташкент уллы пайтахт көринди (С.Нурымбетов).
Бир күни аўылымызға пайтахттан артистлер келгенлиги ертеден хабарландырылды (Т.Қайыпбергенов).
2. аўыс. Басшылық ететуғын орынға қараслы жер, көлемли орын, бөлим.
Саў турғанда бул сыяқлы еримиз, Бәрҳа абад уллы Байсын елимиз, Келиң, дослар, еркин ойнап күлейик.
Бағы-бостан болсын пайтахт жеримиз (Н.Дәўқараев).
Шығармай пайтахт жеримнен, және алып кет бесеўин («Қырқ қыз»).