ПАЙМАНА
Қарақалпақша
ат. Өмир, тиришилик, дем.
Әжел жетип пайманалар толды ма, Ашылғанда бағда гүллер солды ма («Қырқ қыз»).
Я болмаса жан достым, Батырларды өлтирип, Пайманасын толтырып, Ишиң дәртке толды ма (Бердақ).
Бир күни пайманасы толған кемпирдиң деми түўесилип дүньядан өтипти (Т.Қайыпбергенов).
Бул ўақытта Орманбет өз пайманасы жеткенин қышшан-ақ сезип, қылышын қынабынан суўырды (К.Мәмбетов).