⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПАЙДАЛЫ

Қарақалпақша

кел. 1. Иске асатуғын, жарамлы. 2. Қолайлы, ийкемли. 3. Берекетли, тәсирли, қайырлы. Интизамлы өскен Исмайыл, шешенниң шертип айтқан ҳәр бир сөзин тыңлар еди. Пайдалы жеринде пикир де алысады (К.Мәмбетов). Бул ақылыңыздан пайдалы бир нәрсе шығағойғайдағы, — деп қуўанышлы түрде Аймерекеге қарады (М.Дәрибаев). Сабақ тамамланғаннан кейин муғаллим күндеги әдетинше тағы да оқыўдың пайдалылығын ҳәм әҳмийетлилигин, оқып шықсақ, елге, жәмийетимизге теңдей пайдалы адамлар болатуғынымызды үйретти (Т.Қайыпбергенов).