ПА I
Қарақалпақша
к.с. Сөзге сораў яки мақуллаў мәнисин бериў ушын қолланылатуғын жанапай.
Ҳәзир көлик айдайтуғын ўақыт па, ҳәр жерден бир из жылт еткен сайын аттың саўрысына қамшы да шарп етти (Ш.Сейтов).
Дийқанлар көмир жеткерип турса болды: бел ме, кетпен бе, орақ па, ҳәттеки ең қыйын пазна куйыў ма, бәрин ислей береди (Т.Қайыпбергенов).
Дос па, я душпан ба? (Б.Бекимбетов).