ОҢЛАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Дүзеў, жөнлеў, дүзетиў, ислеў, дурыслаў.
Сынған арбаларды оңлап, қора-копсыны тазалаў (К.Султанов).
Жол дегенин сондай уллы зат, Үлес қосын оны оңлаўға (Т.Мәтмуратов).
Ортаға шөккен бийжағдай үнсизликтен кейин бий өзин оңлап алды (К.Кәримов).
2. Дурыслаў, жақсылаў, кэўилдегидей етиў.
Байдың баласы қырқ жигитке оңлап зыяпат бере алмады (А.Бекимбетов).
Түнде уйқыдан қалсаңыз, ертең балықты оңлап аўлай алмайсыз (Қ.Ирманов).