ОҢБАҒАН
Қарақалпақша
кел. Жаман, бузық, бузылған, жөнсиз.
Оңбаған әдети барды өз алдына, Сонындай тәртипсиз иси бар екен (Омар).
Отырсаң-аў тыныш, бийғам, Саўда билмес бир оңбаған (Б.Исмайлов).
— Әй, оңбаған кемпир деп ғаррысы өз жамбасын өзи сартылдатып урса да, оның қозғалатуғын түри болмады (Т.Қайыпбергенов).
— Биреў-миреў ҳеш ғәп те, сол оңбағыр Әбдикеримге тап болып кала ма деп қорқамай (М.Нызанов).
— Оңбаған, ақмақбәрин билқастан ислейсең... — деп Таймасов үстиме дөнип, дүрлеп келип қалды (О.Әбдирахманов).