⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОҢАША

Қарақалпақша

р. Жекке, бөлек, айырым, аўлақ. Бахтына шет адам да, Аймерекениң ери де жоқ, үйи оңаша еди (М.Дәрибаев). Үйде жасаўыл менен Халмурат бай ғана оңаша қалды (К.Султанов). Мени растан да танымадың ба, ашина Қара алптегин, — деди Жутан олар оңаша қалғанда (К.Кәримов). Гүзек айында Сапардың жылы толған садақасына Төребай келип, асты тарқатып болған соң, кемпир менен оңаша қалып гәп баслады (К.Султанов). Мектептиң оңаша бир бөлмесинде Жәмийла Хожаниязов пенен гүрриңлесип отыр (К.Султанов). — Сейфулмәлик, сен шығып тур, Бәширге оңаша айтылатуғын гәпим бар (К.Кәримов).