ОҢ II
Қарақалпақша
ат. Бир нәрсени хақыйқат түринде өз көзи менен көрген шынлық, турмыс.
Оңым ба, түсим бе, әйтеўир билмеймен (Т.Қайыпбергенов).
Мийримди қандырған татлы суўларьщ, Оңым түўе түсиме де енеди (Г.Есемуратов).
Бул көргеним оңымда ма, я түсинде ме дегендей көзин ашып жумып, жыпылықлатып та көрди (А.Бекимбетов).
Оңында албыраклаған, түсинде сандыракдайды (ққ.х.н.).
0 Түси оңынан келиў — түсинде көргени өмиринде де жүз бериўи, түси туўры болып шығыўы.