⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОҚТАЛЫЎ

Қарақалпақша

ф. Умтылыў, дәпиниў, қолайласыў, ыңғайласыў. Оразгүл бир нәрсе айтқысы келип оқталса да, кейнинен ойланды да үндемеди (Т.Қайыпбергенов). — Мен далаға шығып отын әкелейин деп оқталғанымды апам түсинип гүпимниң пешинен услап жибермеди (Т.Қайыпбергенов). Айсара оған әри-бери тәселле айтпақшы болып оқталды да, тағы бата алмады (М. Нызанов). Сипсени алып ошақты сыпырайын деп оқталып еди, аяқ-қолы уйығандай сезилди (К.Султанов). Сипсени алып ошақты сыпырыўға оқталды (К.Султанов). Мен бул гәпти ол жерде де айтайын деп оқталып едим (Ә.Пахратдинов).