⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОҚТАЙ

Қарақалпақша

кел. 1. Оққа уқсаған, оқсыяқлы, оқтәризли. Қасым шабандоз қамшыны төмен түсирип, «хә» деўи мәттал қаназатлар оқтай атлыкты (М.Нызанов). Тақымның қатты қысылғанын сезген темиркөк жаныўар оқтай атылып қарақшыларды шаңында қалдырған еди, сонда (К.Кәримов). 2. Оққа усап жанға батыў, қыйналдырыў. Оралдың жүрегине оқтай қадалды (М.Әбдирейимов). Кеткенлерге жаны оттай күйеди. Мен аўырсам және оқтай тийеди (Т.Жумамуратов). 3. Дүзиў, дүп-дүзиў.