⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОҚЛАЎЛЫ

Қарақалпақша

кел. Оқ салыўлы, оқ салынған, оқлап қойылған. Бир қоржын оқлаўлы писени менен Нурымбет ахун ақшам үйинен тутылыпты, — деген хабар тарқады (Т.Қайыпбергенов). Екеўи де оқлаўлы, өз мылтығының аўзын өзине ғөзледи (Т.Қайыпбергенов). Оқлаўлы мылтықты қолына алып ғезенди (М.Нызанов).