⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОШАҚ

Қарақалпақша

ат. 1. Үстине қазан асылатуғын, ишине от жағып аўқат писириў ушын арналған зат. Қазан ошақтан түсирилди («Әмиўдәрия» ж.). — Тап усы демде қазанда писип атырған сүт бирден тасып, қақпақты көтерди де, ошаққа төғилди (Т.Қайыпбергенов). Кеште бир қыздырып аламызда, ошақты топырақ пенен көмип таслаймыз (М.Нызанов). 2. аўыс. Хожалық, семья мойнына ошақ түсиў. 3. аўыс. Бир нәрсениң топланған жыйналған жери. Үлкен ошаққа айланыў. 0 Үш путлық ошақ — үш аяқлы темир ошақ. Қазақ, өзбек, қарақалпақ — үшеўи, бир ошақтың үш путындай аўыллас (А.Дабылов). Билим ошағы — билим орайы, билим таралатуғын жер, саўатландыратуғын орын. «Таза күште» мектеп билим ошағы, Жас әўладлар менен толды (И.Юсупов). Жер ошақ — жерден қазып иеленген ошақ. Жер ошақта от пысқып атыр («Әмиўдәрья» ж.). Темир ошақ — үш аяқлы дөңгелек темирден исленген ошақ. Тандыр ошақ — ылайдан тандырға усатып иеленген ошақ. Чай ошақ — қуман, дүмше қойып суў кайнататуғын ошақ.