⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОТЫЗ

Қарақалпақша

сан. 30 саны ҳәм усы сан менен аңлатылған муғдар. Анық жылы есимде жоқ, әйтеўир, отыз-қырқ жылдай болып қалды-ғо (М.Нызанов). Қала менен кеңсениң арасы отыз тақырымнан зыят та, кем емес (М.Нызанов). Қойымшылыққа суў апарып бағ көгерттик. Отыз түп гүжим ектирдим (М.Нызанов).