ОТПУСК
Қарақалпақша
(рус.
отпуск < отпустить «кетиўге руқсат бериў; босатыў, бос қойыў» фейилинен жасалған атлық).
ат. Бир жыл даўамында иелеген жумысының есабынан алынатуғын дем алыс, жумыстан ўақытша бос болыў.
Жақында бир айлық отпускаға келип еди (Т.Нәжимов).
Жигит хызмет орнынан бир ай мүддетке мийнет отпускасын алып, еки чемоданын көтерип бизикине келди (А.Бекимбетов).
Таймасов декрет отпускасын алатуғын ҳаялларды бирим-бирим шақырып алып, муқыят сөйлесип жумыстан босатпады (О.Әбдирахманов).