ОТАҚ
Қарақалпақша
ат. 1. Мәдений өсимликлер арасынан шыққан жабайы шөп.
Отақ басқан пахта, арақхор жалқаўлар т.б.
әшкаралаўшы қосықлар менен Р.Хожамбергенов та қатнасты (Г.Есемуратов).
— Кәне, дәрҳал бизге отақ басып атырған жериңизди көрсетиң, бир дөндирип таслайық, — дедим оған (О.Әбдирахманов).
2. Отаўға байланыслы жумыс, ҳәрекет, ис қозғалыс.
Бирақ, оның бахтына отаққа киятырған онлаған ҳаял-қызлар қоршап алды (А.Бекимбетов).