⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОТ II

Қарақалпақша

ат. Шөп, мал жейтуғын азық. Ешкини от салмай бәрҳа байлап қоя бергеннен кейин желини қуўрап сүти де азая береди (Қ.Айымбетов). Бар, ана сыйыр менен атқа, қойға от орып сал (А.Бекимбетов). 0 От-жем — мал ушын арналған ҳәр түрли от ҳәм жем. Не ушын туўатуғын малларға от-жем берилип, басқаларына берилмейди (Ж.Аймурзаев). Атларына от-жем, өзлерине қымыз бериўди умытпа (К.Кәримов). От-шөп — ҳәр түрли мал оты, мал азығы. Маллар ушын гүзге от-шөп таярлаў керек (Т.Қайыпбергенов). Бир таў бар шай пәшеги, От-шөби мол ҳаўасы да салқын (Қ.Айымбетов). От-шөп орыў, қора соғыў жумысы да усылардың мойнында еди (К.Султанов). Жазда ерте туўылған бир баспағын сатып, от-шөбин биреўге таярлатып алды да, гүзде тағы майда малларды ақшаға айырбаслап, қыс азығын жыйнап, «жапсақлыман» деп дәрўиштей, гөне қақыраның ишинен шықпайтуғын еди (К.Султанов).