ОТ I
Қарақалпақша
ат. 1. Жаныў процесси; өрт, жалын.
Желдиң иси суўырыў, оттың иси қуўырыў (ққ.х.н.).
Күнниң қызылы батайын деп турғанда аўылдың сыртына Үбби ата бетке шығып, оттан атлатып аласлады (М.Нызанов).
Анасы орнында жоқ, шамасы от жағып, аўқат писириўдин, ғамында жүрген болса керек, ал әкеси қорықшылықтан қайтпағанын билди (К.Кәримов).
Оттың қасына бир қушақ сексеўил әкелдирди (К.Кәримов).
От тийиў — жаныў.
От қойыў, от бериў — өртеў, жағыў.
2. аўыс. Қуяштың от сыяқлы қатты қыздыратуғын, күйдиретуғын халаты.
Күн от болып тур.
3. аўыс. Дәрт, қайғы.
Иште жанған мениң отым, Қашан енди өшер енди (Әжинияз).
Тышқан тесиги мың теңге болып, Өз отына күйе баслады (М.Сейтниязов).
Урыс питти, Отлары сөнди.
Суў қуйылып ошақларына (М.Сейтниязов).
Дойнағынан шыққан от, зәмберектей атылды («Алпамыс»).
0 От атыў — оқ жаўдырыў, атыў.
От атты хан, оғын қардай боратты.
Мың-мыңларды жыңғыл киби қыйратты (әд.
хрест.).
Жүрек оты — жигер, йош, ғайрат, ҳүждан.
Жүрегиңде оты жоқ адамға бизиң арамызда ислеў қатты қыйын (газетадан).
Оттай жаныў — қызғынлығы, ҳәўеси артыў.
Оның жүзлери жарқырап, оттай жанды (Ә.Шамуратов).
Еки оттың арасында қалыў — адамның өзине жақын еки адам ямаса тәрептиң ортасында келиспеўшилик жүз бергенде ортада қалып, қайсысының тәрепин алыўды билмеў.
Бийшара жеңгеси еки оттың арасында қалған еди (К.Кәримов).
Суўңан алып отқа салыў — сыртынан жаманлаў.
От пенен суўдай — бир-бири менен келисе алмайды, қарсы, душпан.
От басы — шаңарақ.
«Жақсы қызлар ҳайтта-тойда сайланар, жаман қызлар от басында ойланар» деген қосықлар усындайдан шыққан (Ш.Уснатдинов).
Араға от таслаў — бир-биреўге ғыжақ бериў, өшегистириў, араға суўықшылық салыў.
Көзге оттай басылыў — көптен бери көрмеген бир орынның ямаса адамның көрген ўақытлары көзге ысық көриниўи, жағымлылығы, қәдирлилиги.
Борпаң топырақларын шаңғытып, жоралары менен қашарман топ, асық ойнаған жерлер көзине оттай басылды (А.Султанов).