ОРЫНСЫЗ
Қарақалпақша
кел. Ретсиз, жөнсиз, қолайсыз.
Ҳәзирги пайытта ҳәр бир орынсыз айтылған сөз өшпенлилик туўдырыўы мүмкин (газетадан).
— Усы мәҳәлде өзимниң орынсыз сөйлегенимди сездим де, тикке қатып тыныш турдым (Т.Қайыпбергенов).
Көзинше орынсыз мақтағанлардың көзине топырақ шашыў керек (Т.Қайыпбергенов).
Лекин, өкпелери орынсыз болганы ушын оларға мен өкпелемедим (М.Нызанов).
Бул пьесада рольге таласыўдын өзи орынсыз еди (О.Әбдирахманов).