ОРЫНЛЫ
Қарақалпақша
кел. Дурыс, ретли.
Бул жүдә орынлы тапқырлық (Г.Есемуратов).
Күтә орынлы, ханымыз, — деп қуўатлады шайық (Т.Қайыпбергенов).
— Сизлердиң тартысыңыз күтә орынлы, — деп күлди ол (Т.Қайыпбергенов).
Биз гейде келиспеймиз, Қалай да орынлы бул, Бирақ та, кейиспеймиз (Т.Мәтмуратов).
Ҳәмме енди қажы ахунға қарады: «Ҳәммеге ол исенимли, орынлы гәп айтады», — деп дәме еткен болыўы керек (Ә.Пахратдинов).
Ким биреўдин ҳәулисине ийесиниң руқсатысыз нәзер тасласа, хәўлинин ийеси сол адамның еки көзин ойып алса, орынлы (Т.Қайыпбергенов).
Не де болса бай тәбият еншисине тийген шоманайлылар орынлы түрде мақтанса арзыйды деген сезим менен изге қайттық (М.Нызанов).