ОРЫНЛАЎ
Қарақалпақша
ф. Белгили бир исти иске асырыў, жүзеге асырыў, атқарыў, питкериў.
Тапсырмаңды орынлаўға булжытпай таяр турман (Б.Қайыпназаров).
Жыллы сөйлеп бир жумыс буйырса, күн-түн деместен орынлаўға тырысаман (Ж.Аймурзаев).
Не айтса соны орынлады (М.Нызанов).
Оның мәсләҳәтин ҳәм көрсетпелерин булжытпай орынлап, үлкен-үлкен ислерди әмелге асырып атырған ҳәкимимизге де жүдә кеўлимиз толып атыр (М.Нызанов).
Оның ҳәмирин орынлайтуғын бес-алты шопанлары бар (К.Кәримов).