ОРАСАН
Қарақалпақша
р. Артықмаш, жүде, оғада, оғыры, дым, күтә, әбден.
Патшаның бир орасан жүйриксуўтулпары бар (ққ.х.е.).
Енди ғана өзине келип, әш кимниң сөзин бөлмей, ақырына бағып турған Маман бийге бул жағдай орасан аўыр тиди (Т.Қайыпбергенов).
Әсте иштен шығалап қараса, Баражағы ғарры екен орасан, Қыз зарланса, дирилдеген, көк көйлек (Г.Дәулетова).