⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОРАНЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Өзин-өзи ораў, қоршалаў, қымтырыну, шырману, қапталу. Рейипназар көйлекшең дәлизге шығып, сыртқы есикти ашқанда сол хайалларша оранған еки адамға көзи түсти (С.Хожаниязов). Ол наўқасланып келди, үйде оранып жатыр (Г.Изимбетов). ... кебежениң үстинде өзиниң қой терисинен тигилген қылқа тонына оранып, уйқылап атырған бир қара баланы да оятшы жиберген еди (К.Кәримов). 2. аўыс. Жамылу, бүркениў. Жер-дүнья қара пердеге оранды (Н.Дәуқараев). 0 Таң уйқыға оралу — хақықат уйқыда жатыў, әзликте жатыў, уйқыға берилиў. Оранып таң уйқыға, қалғыпты кең әтирап (Ш.Мәмбетмуратов). Гүл орану — жайнап-жаснаў, жайнаў, рәҳәтлениў. Жаңлар завод гудогинен әр күни, сенде гүлде оранған сулыў әтирап (Т.Сейтжанов).